Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловтың «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша район халқына мүрәжаты


Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли район турғынлары!

Бүгинги күнде пүткил жер жүзинде бақланып атырған ҳаўа-райындағы унамсыз өзгерислер инсаният алдында турған үлкен машқала болып, экологиялық өзгерислер инсан өмирине қәўип-қәтер туўдырып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Әлбетте, бул экологиялық қәўип-қәтерлерге тәсир етиўши факторлар булар, климаттың өзгериўи, глобал ысыўшылық ҳәм де ҳәр түрли тәбият катаклизмалары, Арал теңизиниң қурыўы, қурғақшылық ҳәм тағы басқалар экологиялық апатшылықты келтирип шығарып, бул өз гезегинде инсан организмине зыянлы тәсирин тийгизбекте. Бул бойынша мәмлекетимизде системалы реже тийкарында қоршаған орталықты асыраў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған даўамлы жумыслар алып барылмақта.

Ҳақыйқатында да экологиялық дағдарыстың алдын алыў ушын көклемзарластырыў жумысларын үзликсиз алып барыў керек екенлигин бүгинги турмысымыздың өзи көрсетип бермекте.

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районымыз аймағында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, өткен жылдың гүз айларында «Әҳмийетли 40 күн» илажы даўамында 300 мыңға жақын мийўе ҳәм декоратив терек нәллери егилди.

Сондай-ақ, усы жылдың бәҳәр мәўсиминде 365 мыңнан аслам мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин егиўди реже етип белгилеп алдық.

Соныда айтып өтиў керек, районымызға Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен 50 мыңнан аслам ҳәр түрдеги мийўели ҳәм декоратив терек нәллери алып келинип, район турғынларына бийпул тарқатылмақта.

Усы жылы район аймағында жайласқан «Ағытай Адилов» атындағы пуқаралар жыйыны аймағынан 6 гектар жер майданға «Жасыл бағ», «Ғәрезсизлик» ҳәм «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағынан 2,5 гектар жер майданға «Жасыл жәмийетлик парклер»ин шөлкемлестириў режелестирилген.

Бүгинги күнде қатты ҳәм турмыслық шығындылар машқаласы дүнья жүзи бойлап әҳмийетли экологиялық машқалалардың бирине айланып бармақта.

Усы жылдың 2-февраль күни елимиз басшысы тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжлисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша шығындыларды тасыў, жыйнаў, жайластырыў ҳәм утилизация қылыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша район аймағында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Бул бойынша районымыз аймағында жайласқан пуқаралар жыйынларында жасаўшы халықты санитар тазалаў хызметлери менен қамтып алыў дәрежесин усы жылдың ақырына шекем 100 пайызға жеткериў белгилеп алынды.

«Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен ҳәзирги күнде 8 дана арнаўлы шығынды тасыўшы техникалар халқымызға хызмет көрсетип, бул шығындылар район орайынан 5 км қашықлықта жайласқан шығынды жыйнаў полигонына ҳәр жылы орташа 6 мың тоннаға жақын қатты ҳәм турмыслық шығындылар жыйналып, олар утилизация етилмекте.

Соның менен бир қатарда, Арал теңизиниң суўы қурыған аймақларында жасыл қапламаларды ҳәм де шаң дузлардан қорғаў ушын шөлге шыдамлы тоғайзарлар пайда етиў илажларына районымыздағы тийисли мәкемелер тәрепинен ҳәр жылы гүз-қыс мәўсимлеринде туқым ҳәм нәллер таярланып, мәдений тоғайлар пайда етиўге өз үлеслерин қосып келмекте.

Ҳүрметли пуқаралар!

Елимизди жасыл мәканға айландырыў, тәбиятымызды, асыраў бәршемиздиң биринши нәўбеттеги ўазыйпамыз болыўы лазым. Ана тәбиятымыз тек ғана ата-бабалардан мийрас болып қалмастан, келешек әўладқа жеткериў миннетимиз саналады. Соның ушын ҳәр бириңизди тәбиятты ҳәм қоршаған орталықты асыраўға өз үлесиңизди қосыўға шақырып қаламан.

Skip to content