Тахтакөпир районында усы жылдың егислик мапазына қатнасатуғын техникаларды мәўсимге таярлаў ҳәм оңлаў жумыслары аўыл хожалығы хызметкерлери тәрепинен сапалы алып барылмақта.
Район ҳәкими Ж.Адилов усы жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде «Адилет» ММТПға алып келинген техникаларды мәўсимге таярлаў ҳәм оңлаў жумысларын сапалы жуўмақлаў бойынша исленип атырған жумыслардың барысы менен танысты.
Буннан тысқары «Дәўир» МПЖ аймағындағы «Агромарказ» ЖШЖ тәрепинен резервке алып келинген минерал төгинлерди ҳәм де өсимликлердиң кеселлик ҳәм зыйянкеслерине қарсы гүресиў ушын дәри-дәрмақларды көзден өткерди.
Сондай-ақ Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша ҳәким орынбасары С.Досбергенов ҳәм Аўыл хожалығы бөлими баслығы О.Жақсимовлар менен биргеликте «Тахта-биолабаратория»сында исленип атырған жумыслардың барысын көзден өткерди ҳәм усы жылда өндирилетуғын ҳасыл ушын «Тахта-биолабаратория»ның тутқан орны ҳәм де алдағы уақытта ислениўи керек болған ўазыйпалар бойынша тапсырмалар берип өтти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети