Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс биринши сессиясы болып өтти.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы орынбасары Г.П.Халмуратова, районлық Кеңестиң депутатлары, сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.
Сессия күн тәртибине муўапық:
- Тахтакөпир районында “Ҳаяллар дәптери”ниң 4-басқышын қәлиплестириў ҳәм де олардың машқалаларын шешиў, социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар “Жол картасын” тастыйықлаў;
- Тахтакөпир районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен 2022-жылда әмелге асырылған жумыслары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-декабрдеги кеңейтирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысының 79-санлы баянламасы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2023-жыл даўамында район аймағында жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслары;
- Тахтакөпир районлық “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есабынан қаржы ажыратыў;
- Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 2022-жыл 30-декабрь күнги “Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң
2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-57-242-13-189-K/22-санлы шешиминиң қосымшаларына өзгерис киргизиў; - Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;
- 2023-жылдың 2 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети