Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық және имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы қарарларында белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде «Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги сиясий искерлигин арттырыў ҳәм гендер теңлиги мәселелери», сондай-ақ, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша “Биз ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықлардың барлық түрлеринен қорғаў тәрептарымыз” ураны астында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарды Өзбекстан Экологиялық партиясы Тахтакөпир районы Кеңеси баслығы Б.Баймбетова кирис сөз бенен ашып берди. Семинарда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қанаты менен ислесиў бойынша бас қәнийгеси А.Абдрахманова өз презентациясы менен қатнасты.
Бул семинарды өткериўден мақсет ҳәзирги күнде республикамызда ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыў бойынша исленип атырған илажлар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, олардың әҳмийети, ҳаял-қызлар ушын көрсетилип атырған жеңилликлер, тәлим-тәрбия, шаңарақ қурыў мәселеси, кийиниў мәденияты, сондай-ақ, гендер теңлиги ҳәм ҳаяллардың ҳуқық және еркинликлери, шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың басым ҳәм зорлықларға ушыраў жағдайларының келип шығыў себеплери, қорғаў ордерлери, ушырасып атырған ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықлар, олардың алдын алыў бойынша кең түсиниклер бериўден ибарат болды.
Семинар соңында Тахтакөпир районы шаңарақ, ҳаял-қызлар мәселелер бойынша бас қәнийгеси Б.Темирбекова өз пикирлери менен бөлисти. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар белсендилери өз пикирлерин билдирди ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети