Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарлары үйренилди


Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Д.Жолдасов, тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте Тахтакөпир районы аймағында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әмелге асырылып атырған аймақлық инвестиция жойбарлары менен танысты.

Атап айтқанда, «QARAQALPAQSTAN AGRO KLASTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм «UMID MEDIKA» жеке кәрханасы тәрепинен әмелге асырылған жойбарлар менен танысып жойбар басламашыларының усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.

Бүннан соң 2023-жылда иске түсирилиўи режелестирилген «Пахратдинова Гулазия» жеке кәрханасы тәрепинен халыққа хызмет көрсетиў орайын шөлкемлестириў жойбарында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысып, жойбардың өз ўақтында иске түсириў бойынша көрсетпелер берди.

Буннан тысқары, районымыздың экспорт потенциалын асырыў мақсетинде «WONDER ORGANICS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кәрханасының тийисли қәнигелери менен ушырасып, алдағы экспорт режелери бойынша саўбетлести.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content