Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер бойынша тийисли қәнигелердиң есабатлары тыңланды.


Бүгин, Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Прездентиниң 2022-жылы 7-март күнги 87-санлы Пәрманының 2-қосымшасы менен тастыйықланған 2022-2023-жылларда әмелге асырылатуғын Миллий бағдарламасы тийкарында, Тахтакөпир районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм районлық медицина бирлеспеси менен биргеликте «Ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў» илажларын әмелге асырыў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Онда район ҳәким орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери Н.Айымбетов, А.Казаков, Р.Аяпов, маҳаллелердеги белсенди ҳаял-қызлар, аймақлық шыпакерлер, патронаж мийирбийкелер ҳәм акушеркалар қатнасты.

Жыйналыс күн тәртибинде аналықты ҳәм балалықты қорғаў бойынша  2023-жылы туўыўшылық көрсеткишлери, ҳәмледарлық пенен есапқа алынған ҳаялларда анықланған кеселликлер бойынша саўалландырыў илажлары, туўыў жасындағы ҳаяллардың контрацепция менен тәмийнлениў жағдайлары, Балалар саламатлығын беккемлеў, балаларда ушырасып турған кеселликлер, балалар өлимшилигиниң алдын алыў, ҳаял-қызлар арасында анықланган онкологиялык кеселликлер ҳәм олардың  саўалландырыў илажлары, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер  бойынша  тийисли қәнигелердиң есабатлары тыңланды.

Буннан соӊ қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилип оларға тийисли жуўаплар қайтарылды.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content