Тахтакөпир районы «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жасы үлкен аналар, көше басы ҳаяллары ҳәм усы аймақтың ҳаял-қызлар белсендисиниң басламасы менен пәтир нан ҳәм зағара нан жабыў ҳәм де миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди жас қыз-келиншеклерге үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Ас уллысы-нан» атамасындағы илаж шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында жасы үлкен нураный аналар өзлериниң ɵмир жолы ҳәм мол турмыс тәжирийбеси менен жас қыз-келиншеклерге өзлериниң ақыл-нәсиятларын берип, халқымыздың тәкирарланбас бийбаҳа мийраслары болған миллий қәдириятларымыз ҳәм үрип-әдет дәстүрлеримизди асырап абайлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин айтып өтти.
Соның менен бир қатарда, усы аймақта жасаўшы Келимбетов Толыбайдың шаңарағында жаңа тәй-тәй басып енди қәдем таслап киятырған қызы Жансая Төрежанованың жақсы тилеклер менен тусаўы кесилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети