Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Қыйтақ жер – дәрәмат дәреги


Тахтакөпир районы аймағында дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң саны 6965 шаңарақ болып, бүгинги күнде 1366 гектар үй алды қыйтақ жер майданларында мийўе ҳәм палыз өнимлерин халқымыз тәрепинен жетистирилип келинбекте.




Мине усындай шаңарақлардың бири «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Темирбеков Өмирбек ағаның шаңарағын мысал етип көрсетсек болады.






Тахтакөпир районы Нураныйлар қоры баслығы Е.Бегманов, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси секретариаты баслығы Қ.Елмуратов, районлық Кеңестиң депутатлары, тийисли сиясий партия баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери Темирбеков Өмирбек ағаның шаңарағында болып, оның бай тәжирийбеси ҳәм ислеген мийнетлери арқасында ерискен нәтийжелери менен жақыннан танысты.



Ө.Темирбеков шаңарағындағы 24 сотихтан ибарат қыйтақ жер майданында көп жыллар даўамында мийнет етип, өзиниң бай тәжрийибеси менен ҳәр түрли мийўе нәллерин егип бағ жаратқан.

Бугинги күнде үй алды қыйтақ жер майданында алма, ерик, алмурт, қәрели, жүзим, шийе сыяқлы мийўели тереклери избе-из өним берип, шаңарағына дәрамат киргизбекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content