Тахтакөпир районы «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳаял-кызлар белсендисиниң басламасы менен аймақтың жасы үлкен аналары, көше басы ҳаяллары, аймақтағы жас қыз-келиншеклердиң қатнасыўында, миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди кейинги әўладқа үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Миллий мийрасларымыз мақтанышымыз» атамасындағы илаж шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында жасы үлкен нураный аналар өзлериниң ɵмир жолы ҳәм мол турмыс тәжирийбеси менен жас қыз-келиншеклерге өзлериниң ақыл-нәсиятларын берип, халқымыздың тәкирарланбас бийбаҳа мийраслары болған миллий қәдириятларымыз ҳәм үрип-әдет дәстүрлеримизди асырап абайлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин айтып өтти ҳәм де жас қыз-келиншеклерге тары салыў сырларын үйретти. Сондай ақ, жаңа туўылған баланы қырықынан шығарыўдың тәртип қағыйдалары, оның әхмийети хаққында турмыс тәжрийбесине ийе аналарымыз тәрепинен әмелде көрсетилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети