Тахтакөпир районында «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлардың мәселелерин сапластырыўға қаратылған ис-илажлар ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша ашық сәўбетлесиў болып өтти.
Онда Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бас қәнигеси Г.Темирбекова, мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Тахтакөпир районында 2023-жыл ушын «Ҳаяллар даптери»не алты жөнелес бойынша 1060 ҳаял-қызлар дизимге алынған болып, мәҳәллелерге бериктирилген ҳаял-қызлар белсендилериниң усы жөнелислер бойынша, яғный социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-кызлар, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлар, I-II-топар нәгиранлығы болған ҳаял-қызлар, үй-жайға мүтәж болған ҳаял-қызлар ҳәм нәгиран перзенти бар болған ҳаял-қызларға көрсетилген жәрдемлер ҳаққында ҳәм де шаңарақлар менен ислесиўде унамсыз жағдайлардың алдын алыў, руўхый түскинликке түскен пуқаралар ҳәм зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў, шаңарақлардағы ажырымлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары додаланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети