Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Шетки аймақларда жасаўшы ҳаял-қызлар ҳәм жасларды заманагөй билим ҳәм исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў нәтийжесинде оларды исбилерменликке тартыў» жойбары шеңберинде семинар-тренинг өткерилди.


Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды мәмлекетлик гранты тийкарында Аймақларды экономикалық раўажландырыўға көмеклесиў орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Шетки аймақларда жасаўшы ҳаял-қызлар ҳәм жасларды заманагөй билим ҳәм исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў нәтийжесинде оларды исбилерменликке тартыў» жойбары шеңберинде Тахтакөпир районында 2-5 -август күнлери аралығында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Оған район аймағынан 23 жаслар ҳәм ҳаял-қызлар  қатнасып, семинар-тренинг даўамында:

🔹Исбилерменлик хаққында улыўма түсиник;

🔹Бизнес идеяны таӊлаў;

🔹Бизнес инфраструктурасы;

🔹Маркетинг;

🔹Рекламадан пайдаланыў, SMM (social media marketing);

🔹Менеджмент хәм бизнести басқарыў;

🔹Финанслық саўатлылық;

🔹Бухгалтерия есабы ҳәм салық;

🔹Бизнес режени дузиў темалары профессионал тренерлер тәрепинен интерактив методлардан пайдаланылған ҳалда,  әмелиятларға бай  түрде өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша тийисли жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content