Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислерин залында район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы А.Низаматдинов, жаслар жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилди.
Онда район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов сөзге шығып, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен усы жылдың алты айы даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша тоқталып өтти. Бунда сөзге шығыўшылар тәрепинен төмендеги мағлыўматлар сөз етилди.
Бүгинги күнде Тахтакөпир районында халықтыӊ (жәми 40 мыӊ 677 ) орташа 51,9 пайызын (21 мыӊ 149 ) жаслар қурайды.
Тийисли шөлкемлер менен биргеликте 14-30 жастағы 8 мыӊ 558 жастыӊ зәрүр мағлыўматларын өз ишине алған “Жаслар балансы” қәлиплестирилди.
Бунда жаслардыӊ бәнтлик ҳалатынан келип шығып жасыл ҳәм сары тайпаларға ажыратылды (5 328 жас жасыл тайпаға 62,3 пайыз, 3230 жас сары тайпаға 37,7 пайыз).
Социаллық жағдайынан келип шығып қызыл тайпаға ажратылды (409 жас қызыл тайпаға 4,7 пайыз).
Соннан, қызыл тайпаға киргизилген, профилактикалық есапта 69 жас, пробация есабында турған 2 жас, миграция есабында турған 157 жас, бугинги кунде ажырым жағдайында турған 5 жас, оқыўдан көп сабақ қалдырған 2 жас, нагиранлық есапта турған 142 жас, созылмалы кеселлиги менен байланыслы 16 жас ҳәм ата-анасынан айырылған (жетим) 16 жас, Жәми 409 жастыӊ дизими қәлиплестирилди.
- Қызыл тайпадағы 409 жасқа 15 мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ басшылары бириктирилген.
Бул мәселелер бойынша мағлыўматларды оператив алмасыў ҳәм жумысларды муўапықластырыў мақсетинде районлық штабқа мағлыўматлар күнделикли берип барылып атыр.
Сәўбетлесиў даўамында жаслар тәрепинен 278 машқалалар анықланды. Соннан, 244 (87,8%) машқала өз орнында шешилген болса, қалған 34 машқалалар орынланыўы бойынша басшылыққа алынды.
“Сары” тайпаға кириўши 3 230 жас қайта хатлаўдан өткерилгенде ҳәзирги күн ҳалатына 394 жас жумыссыз екени анықланып ҳәр бир мәҳәлледе “пуқарабай” жол карталар исленип шығылды.
Усы жылдыӊ 10-август күнине шекем 394 жастан 35 (8,8 %)жастын бәнтлиги тәмийинленгенлиги анықланды.
3.Тахтакөпир районында “сары” тайпаға кириўши рәсмий емес секторға кирген 938 жас рәсмий секторға өткериў бойынша мәҳәлле кесиминде жол карталар исленди.
Бул бойынша 938 жастан 579 (61,7 %) жас расмий секторға өткерилди.
- “Жаслар дәптери” бойынша Тахтакөпир районында жәми 726 жас дәптерге киритилген болып, Соннан 299 (32,6%) жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилди. Ҳәзирги күнде 427 жасқа әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша жумыслар алып барылмақта.
- Жасларға жер ажратыў бойынша “Е-АУКЦИОН” електрон платформасына шығарылған жерлерден 2023-жылдың август айына шекем даўамында 152 жасқа 217,1 жер майданлары ажратып берилген болса соннан “Жаслар дәптери”нен 117 жасқа 149,1 жер майданлары алып берилип бәнтлиги тәмийнлениўине көмеклесилди.
- Жасларды исблерменликке тартыў, жетекшилерден киши бизнес субъектлерин иске түсириў бағдарында.
Тахтакөпир районындағы жаслар жетекшилери усы күнге шекем 34 исбилерменлик субъектлерин иске түсириў режелестирилген болып соннан 27 (79,4 %) исбилерменлик субъектлери иске түсирилген. - Mәҳәллелерде жаслардың бос ўақытын мазмунлы өткериў мақсетинде өткерилген ис-иләжлар бойынша (Бес баслама олимпиядасы)
Тахтакөпир районында 17 мәҳелледе 381 көше болып “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде 10 024 жас Соннан 4847 жас ҳаял-қызлар мәҳелледеги жаслар ғалабалық спорт жарыслары ҳәм таңлаўларда қатнасыў ушын платформадан дизимнен өтти.
Таңлаўлар Жаслар аяқ ойыны, Аспазлық, Шаштәрезлик, Өнерментшилик, Тигиўшилик ҳәм Қандалатшылық бойынша мәҳелле, сектор, район, аймақлық ҳәм республика басқышлары болып өтти өткерилген иләж шеӊберинде 6 222 жас қатнасты.
Мәҳеллелерде жасаўшы жаслар арасында биринши мәусим биринши басқыш бес баслама олимпиадасы жуўмақлары бойынша 17 мәҳелле командалары қәлиплестирилди ҳәм де бул командалар жарыс ҳәм таңлаўлардың кейинги басқышларында өз жүрисин даўам еттирди.
Екинши мәҳеллелер ара сектор басқышында ҳәр бир жас кесиминде өткерилген жарысларында жәми 3 293 жас (Соннан 1 413 қыз баллар) жаслар қатнасты.
Тахтакөпир районында “Бес баслама олимпиадасы” 3-басқыш жарыслары тастыйықланған режеге муўапық өткерилди ҳәм жәми 864 жас қатнасты.
Ҳәзирде мәҳәлле жаслар жетекшилери ҳәм спорт тренерлери Бес баслама олимпиадасының 2-мәусимине таярлық жумыслары алып барылмақта.
Конференция даўамында журналистлер өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети