Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Районда «Бәҳәр келди сени сағынып» атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди


Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият орайында район ҳәкимлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен 1-март – Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исрайлованың туўылған күни мүнәсибети менен «Бәҳәр келди сени сағынып» атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Байрам илажына жерлесимиз, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қумар Бекниязова қатнасты.

Илажда «Зульфия» аты менен белгили өзбек халқының шайырасы, журналист, аўдармашы, жәмийетлик ғайраткери Зульфия Исрайлованың өмири ҳәм дөретиўшилиги, мийнет жолы, жетискенликлери, сондай-ақ районымыздан усы сыйлықтың лауреаты болған Айжамал Жолдасбаеваны ҳүрмет пенен еске алып дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында айтып өтилди.

Илаж даўамында Қумар Бекниязова өзиниң дөретиўшилиги, илимий мийнетлери ҳаққында айтып өтип, районымызда Зульфия избасарларының көбейиўине тилеклеслик билдирип өтти.

Байрам илажы, талантлы, зейинли, дөретиўши қызлардың көргизбелери, Маденият бөлими дөретиўшилик жәмәәтиниң концерт бағдарламасы  менен көтеринки руўхта даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content