Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Ашық бюджет» қаржылары мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеп, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға тийкар болмақта


2023-жылдың екинши мәўсиминде Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында 800 млн.сумлық қаржы утып алып, мектепке жасалма жасыл қапламалы киши футбол майданшасы 4 дана интерактив тахталар, соның менен бирге оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 12 дана камера орнатыўға еристи.





Бүгин мектепте спорт майданшасының ашылыў салтанаты өткерилип, онда район ҳәкими Жамбул Адилов мектеп жәмәәтин жаңа жетискенликлери менен қутлықлады ҳәм келешек жасларынан елимиз үлкен үмитлер күтетуғынын, барлық мүмкиншиликтен мектеп оқыўшылары нәтийжели пайдалана алатуғынына исеним билдиретуғынын атап өтти.




Буннан соң мектеп директоры Лиза Тилеўова шығып сөйлеп, жеңимпазлықта үлес қосқан мектеп жәмәәти менен ата-аналарға ҳәм қурылыс жумысларын алып барған  «PERSPEKTIVA MONTAJ NUKUS» ЖШЖниң қурылысшыларына миннетдаршылық билдирди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content