Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 79-сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы тәрепинен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийеттеги ролин жәнеде беккемлеў бағдарында 2024-жылдың 3 айы даўамында алып барылған жумыслары бойынша есабаты;
– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 5-басқышына киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;
– Тахтакөпир районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2024-жылдың 4 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққындағы» есабаты;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-июлдағы “Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы 119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң 2023-жыл 5-август күнги 346/XLV-санлы қарарын Тахтакөпир районында орынланыўы;
– Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында;
– Тахтакөпир районы бюджетиниң еркин қалдық бөлеги есабынан қаржы ажыратыў;
– Тахтакөпир районы прокурорының 2024-жыл 2-майдағы 31/5-63606/24-санлы депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў бойынша усынысы;
– Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабан усыныў;
– Шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети