Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 82-сессиясы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 82-сессиясы болып өтти.


Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.

 Сессия күн тәртибине муўапық:

Тахтакөпир районында камбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелий режелер бағдарламасының 2024-жылдың I ярым жыллығында орынланыў барысы;


– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 5-басқышына  киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;



– Тахтакөпир районы аймағындағы көше тайпалары атамаларын тастыйықлаў;


– Тахтакөпир районы мектепке шекемги ҳәм мектеп бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслары туўралы.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-июлдағы “Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы 119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң 2023-жыл 5-август күнги 346/ XLV-санлы қарарын Тахтакөпир районында орынлаўы;


– Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

Тахтакөпир районы прокурорының 2024-жыл 25-июндағы 9/5-91378/24-санлы депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў бойынша усынысы мәселелер қарап шығылды.


Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content