Хабарыңыз бар, усы жылдың 11-июль күни Тахтакөпир районы аймағындағы «Дәўқара» футбол стадионында райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлер арасында «Ҳәким кубогы» ушын спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилген еди.
Бүгин районлық Мәденият орайында «Ҳәким кубогы» спорт жарысының сыйлықлаў мәресими өткерилип, илажға район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов қатнасты ҳәм жеңимпаз болған командаларды қутлықлап, оларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм де баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Сондай-ақ, жарыста «Ең жақсы ойыншы», «Ең жақсы топ-урар» ҳәм «Ең жасы үлкен қатнасыўшы» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланып, мүнәсип сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын:
Спорт жарысына райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерден дүзилген 18 команда өз-ара күш сынасыты ҳәм жарыс жуўмағында, 1-орынды районлық Ишки ислер бөлими, 2-орынды район ҳәкимлиги, 3-орынды райондағы 10-санлы мектептиң хызметкерлери арасынан дүзилген команда жеңип алыўға мияссар болды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети