Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 85-сессиясы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 85-сессиясы болып өтти.



Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.

Сессия күн тәртибиндеги биринши мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши округ сайлаў  комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў ҳаққында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы баслығы Алланиязова Зибаның усынысы тыңланды.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе Районда инвестиция жойбарларының орынланыўы, туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары ҳәм экспорт көлемин асырыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳаққындаТахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Сапаров Тимур есабат берди.

Үшинши мәселе Тахтакөпир районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен 2024-жылдың өткен дәўири даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Тахтакөпир районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкем директоры Айдос Сатуллаевтың есабаты тыңланды.


Күн тәртибиндеги төртинши мәселеде Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде видеоселектор мәжилислери өткерилетуғын студиясына электр энергиясын ислеп шығарыўшы генератор менен тәмийинлеў ушын район дәраматлар режеси артықша орынланған бөлеги есабынан 34.000.000 (отыз төрт миллион) сўм муғдарында қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 

Skip to content