Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Жоқарғы оқыў орынларындағы студентлерди студентлер турақ жайына жайластириў тәртиби әпиўайыластырылды.


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-август күнги «Жоқарғы оқыў орынларының студентлерин турақ-жай менен тәмийинлеў системасын жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 376-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен мәмлекетлик жоқарғы оқыў орынлары студентлерин студентлер турақ жайына жайластырыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Усы регламентке муўапық мәмлекетлик жоқарғы оқыў орынларының студентлери турақ жайына орналасыў мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы электрон тәризде,  бийпул әмелге асырылады.

Студентлерди турақ жайына жайластырыў ушын арза бериў ҳәр жылы 1-августтан басланады ҳәм оқыў жылы ақырына шекем даўам етеди.

2023/2024 оқыў жылында 1-курс студентлери ушын  студентлер турақ жайына жайластырыў жоқарыдағы қарар менен тастыйықланған регламент тийкарында әмелге асырылады.

2-курс ҳәм оннан жоқары курс студентлерин студентлер турақ жайына жайластырыў алдынғы тәртипте әмелге асырылады. Бунда студентлер турақ жайына орналасыў ушын арза жоқарғы оқыў орны студентлер турақ жайына орналастырыў комиссиясына 2023-жыл 25-августқа шекем тапсырылады.

2024/2025 оқыў жылынан баслап барлық курс студентлери ушын мәмлекетлик жоқарғы оқыў орны студентлер турақ жайына орналастырыў онлайн тәризде әмелге асырылады.

Төмендеги қатламдағы студентлер үстемлик тийкарында студентлер турақ жайына қабыл етиледи:

-«Меҳрибанлық үйлери» тәрбияланыўшылары,  жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған студентлер;

-«Социаллық қорғаў бирден-бир реестри»,  «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киритилген социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ҳәм де «Жаслар дәптери»нде туратуғын студентлер;

-I ҳәм II топар майыплығы болған студентлер;

-бир шаңарақтан бакалавр басқышы күндизги билимлендириў формасында еки ҳәм оннан артық төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақлар перзентлери;

-халықаралық пән олимпиадалары,  Өзбекстан Республикасы Жоқарғы билимлендириў,  пән инновациялар министрлиги тәрепинен өткерилетуғын республика пән олимпиадаларында жеңиске ерискен студентлер;

-«Жыл студенти» ҳәм «Студентлер теарт студиялары» көрик-таңлаўының республика басқышы жеңимпазы болған студентлер;

-жоқарғы оқыў орынлары студентлери арасында өткерилген «Заковат» интеллектуал ойынының республика басқышында жеңимпаз болған студентлер;

-студентлер турақ жайында студентлер Кеңеси баслығы,  қабат сәрдары болған студентлер.

 

Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.

П.Реймкулов

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content