Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Пахта атызларында жыйым-терим мапазы басланыўы мүнәсибети менен семинар өткерилди


Бүгин Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Асамат» фермер хожалығында пахта жыйым-терим мапазы басланыўы мүнәсибети менен ҳәм жыйым-терим мапазын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге бағышланған семинар өткерилди.

Семинарға район сектор басшылары,  Республикадан бириктирилген ўәкиллер,  аўыл хожалығы ўәкиллери ҳәм де аўыл турғынлары қатнасты.

Семинарда сөзге шыққанлар быйылғы пахта жыйым-терим мапазын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў,  район аймағындағы пахта жыйым-теримине қатнасыўды қәлеўши пуқаралардың қатнасында отрядлар дүзилип,  ақ алтынды жыйнап алыў жумысларын басландырыў бойынша айрықша атап өтилди. Сондай-ақ теримшилер ушын бәрше шәрт-шараятлар жаратылып берилиўи бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар белгилеп берилды.

Буннан соң теримшилер менен бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, илаж даўамында районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы қосық ҳәм намалар атқарылды. Концерт бағдарламасы жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content