Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Референдумға арналған үгит-нәсиятлаў жумыслары даўам етпекте


Усы жылдың 1-апрель күни Тахтакөпир районы «Атакөл» АПЖ аймағындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Үгит-нәсият топары ағзасы Б.Сейтимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты М.Гаипов, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси секретариаты баслығы Қ.Елмуратов ҳәм Тахтакөпир районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы М.Алламбергеновалар қатнасыўында, аймақтағы мәкеме, кәрхана хызметкерлери ҳәм аймақ турғынларына жаңаланып атырған Конституцияның мазмуны ҳәм әҳмийети, киритилип атырған өзгерислер ҳаққында үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери тараўындағы жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин кеңнен түсиндирип, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилетуғын Референдумға белсене қатнасыўларын сорады.

Жыйналыс соңында, қатнасыўшылар өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content