Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

«Саламат анадан – саламат бала туўылады» атамасында ашық сәўбетлесиў болып өтти


Усы жылдың 21-август күни Тахтакөпир районлық Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен  «Саламат ана-саламат бала» принципи тийкарында «Саламат анадан – саламат бала туўылады» атамасында ҳаял-қызлар арасында ашық сәўбетлесиў болып өтти.



Илажға район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-кызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинетал орайы шыпакери С.Қасимова, Репродуктив саламатлық орайы шыпакери Э.Ембергенова, Ана ҳәм бала скрининг орайы шыпакери Д.Избасқанова ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери менен биргеликте жас қыз-келиншеклер, мол турмыс тәжирийбесине ийе нураный аналар қатнасты.



Ҳаял-қызлар менен ашық сәўбетлесиў өткериўден мақсет халықтың саламатлығын жәнеде беккемлеў, ерте неке, ерте туўыўшылықтың алдын алыў, саламат турмыс тәризин енгизиў ҳәм ҳаял-қызлар арасында ушырасып атырған кеселликлерди ерте алдын алыў болып табылады.


Илаж даўамында, тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен ҳаял-қызлар ушын кɵплеген мəслəҳəт ҳəм усыныслар билдирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content