Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Тахтакөпир районында «Бес баслама олимпиадасы»ның мектеп басқышына старт берилди.


Бүгин Тахтакөпир районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектепте «Бес баслама олимпиадасы» мектеп басқышының ашылыў мәресими өткерилди.

Онда районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң бас қәнигеси Б.Утепбергенов, жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлим баслығы А.Низаматдинов ҳәм 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеп директоры З.Аметовалар қатнасып оқыўшы жасларды «Бес баслама олимпиадасы» мектеп басқышының ашылыўы менен қутлықлады ҳәм оларға спорт жарыслары ҳәм таңлаўларда әўметлер тиледи.

Еслетип өтемиз «Бес баслама олимпиадасы» төменде көрсетилген жарыс ҳәм таңлаўлар бойынша мектеп оқыўшылары арасында өткериледи.

«Қуўнақ стартлар» (1-4 класлар ул балалар, қыз балалар)

«Жеңил атлетика» (8-9 класлар ул балалар, қыз балалар)

«Заковат» интелектуал турнири (1-11 класс ул балалар, қызлар)

«Шахмат» (1-4, 5-11 класлар ул бала,қыз бала)

«Шашка» (5-11 класлар ул бала, қыз бала)

«Стол теннис» жарыслары (8-11 класлар ул бала, қыз бала)

«Волейбол» (10-11 класлар ул бала, қыз бала)

«Киши футбол» (10-11 класлар ул балалар)

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content