Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Тахтакөпир районы Мәденият бөлимине қараслы «Мийрас» фольклор-этногафиялық халық жәмәәтиниң 2023-жылжылдың 9 айы даўамында алып барған жумыслары бойынша халқымызға есап бериў концерт бағдарламасы болып өтти


Бүгинги күнде Тахтакөпир районы Мәденият бөлимине қараслы Мәденият орайларында оннан аслам түрли жөнелистеги дөгерек ҳәм жәмәтлер халқымыз, әсиресе, жасларымыздың бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде хызмет көрсетип келмекте. Олардың бири «Мийрас» жәмәәти.

Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы улыўма билим бериў мектеби алдында Тахтакөпир районы Мәденият бөлимине қараслы «Мийрас» фольклор-этногафиялық халық жәмәәтиниң 2023-жылжылдың 9 айы даўамында алып барған жумыслары бойынша халқымызға есап бериў концерт бағдарламасы болып өтти.

Концерт бағдарламасы жəмəəт ағзаларының атқарыўындағы халық қосық ҳәм миллий ойынлары менен көтериңки рухта өткерилди.

Мағлыўмат орнында: Жәмәәт 2002-жылы ҳәўескер жәмәәт есабында шөлкемлестирилип, 2020-жыл «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти атағын алыўға мияссар болды. Бүгинги күнде жигирмадан аслам талантлы инсанлар бул жәмәәтке ағзалыққа қабылланып, район ҳәм республика көлеминде өткерилип атырған таңлаў, фестиваль ҳәм басқа да мәдений илажларға белсене қатынасып келмекте.

Жәмәәт 2018-жыл Наўайы ўәлаятында өткерилген «Нурли наволар», 2019 ҳәм 2021-жыллары Тошкент қаласында өткерилген «Анам айтқан ҳәййиўлер», ал 2022-жылы болса Сурхандәрья ўәлаятында өткерилген «Байсын бәҳәри» халқаралық фестивалларының жеңимпазы.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content