Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

«Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрь күнги ПФ-158-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан-2030» стратегиясында ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў баслы мақсет етип белгиленген.

Усы бағдардың жетинши мақсети бул жоқары билимлендириў қамтыўын кенейтириў, жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын асырыў болып, оның көрсеткишлеринен:

Жасларды жоқары билимлендириў қамтып алыў дәрежесин кеминде 50 пайызға жеткизиў, улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар менен толық тәмийнлеў, 30 жоқарғы билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў бағдарламасын халықаралық аккредитациядан өткериў, «ТОП-500» ге киретуғын шет ел университетлери менен биргеликте кеминде 50 қоспа билимлендириў бағдарламасы тийкарында «еки дипломли дизим»ды еңгизиў;

10 жоқарғы билимлендириў шөлкемин дуньядағы ең абырайлы «Топ-1000» жоқарғы билимлендириў шөлкемлери рейтинггине киргизиўге ерисиў;

Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий үйрениўлер нәтийжелилигин асырыў ҳәм илимий потенциалин 70 пайызға жеткериў белгиленип атыр.

Конституция ҳәм нызамлардың устинлигин тәмийнлеў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийнлеўди суд  ҳуқық реформаларының баслы талабына айландырыў бойынша ҳалықтың жасаў пунктлеринде еки ҳәм оннан артық полосалы тәртипке салынбаған пиядалар өтиў орынларында (кнопкалы) светафорлар менен толық үскәнелеў;

Еркиннен айырыў жазасын тайынлаў тәжрийбесин 30 пайыздан 20 пайызға түсириў;

Судлар ҳәм тергеў уйымлары искерлигинде айырым процессуал ҳәрекетлерды аралықтан турып әмелге асырыў имканиятларын кеминде 2 есеге асырыў белгиленген.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў ҳәм де ҳәкимшилик әдиллик дизимин жәнеде раўажландырыў бойынша мақсетлерден стратегияда суд ҳуқық системасында да бир қанша ўазыйпалар белгиленген.

Ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде тосқынлық қылып атырған тосықларды толық сапластырыў;

Судқа шекемги басқышта тартысларды шешиў нәтийжелилигин 50 пайызға асырыў;

Ҳәкимшилик тәртип процедуралар принциплерин жол ҳарекетин тәртипке салыўшы белгилерге толық қолланыў тәртиплерин енгизиў белгиленген.

Суд системасин баскарыўға судьялардың өзин өзи басқарыў принципин толық енгизиў ҳәм де судьялар шөлкеми уйымлары системасын толық қәлиплестириў;

Дунья әдил судлаў жойбарының ҳуқық үстинлиги индекси бойынша 0,64 баллды топлаўға ерисиў;

Басқарыў сыпаты индикаторларының ҳуқық үстинлиги жөнелиси бойынша 61,5 баллды топлаўға ерисиў;

Адвокатура институтының потенциалын түптен асырыў, сондай-ақ, сыпатлы ҳуқықый жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў бойынша ислерди әмелге асырыў белгиленген.

Адвокатура институтын өз-өзин басқарыў системасына өткериў ҳәм де оның мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа дүзилмелерден хақыйқый мәнистеги ғәрезсызлигин тәмийнлеў;

Адвокатлар санын 2000 ге жеткериў.

Пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислер бойынша адвокатлар ҳәм де судлар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа мамлекетлик уйымлар ортасында электрон ҳүжжетлер алмасыўы дәрежесин 50 пайызға жеткериў етип белгиленди.

Бул ўәзыйпалардан мақсет, халықтың аўарагершилигиниң алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдағы нәтийжелилигин асырыў, суд системасына заманагой хабар технологияларын енгизиў, ең баслысы халықтың судқа болған исенимин асырыў болып есапланады.

Г.Байназарова

Нөкис районлар аралық Ҳәкимшилик суды судьясы

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content