Saturday, September 27, 2025

So'nggi yangiliklar

Спорттың миллий гүрес түри бойынша шеберлик сабағы өткерилди





Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-ноябрь күнги «Гүрес миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абыройын жәнеде асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-4881-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районы Спорт мектебинде спорттың гүрес түринен шеберлик сабағы (мастер класс) шынығыўлары шөлкемлестирилди.
Шеберлик сабағына Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими,  Кураш бойынша халықара дәрежедеги төреши Нөкисбай Данияров,  Кураш бойынша Өзбекстан чемпионы Берик Жусипбеков,  Кураш бойынша Универсиада ойынлары ҳәм 2022-жыл Қарақалпақстан Республикасы зүрәәт байрамы жеңимпазы Заҳриддин Зайтов ҳәм Спорт мектеби директоры Б.Жарымбетов,  директор орынбасарлары А.Жиенбаев,  А.Сейдуллаев,  инструктор-методистлери Қ.Сейтмуратов,  К.Жаңабаев,  Тренер-оқытыўшылары ҳәм спортшы жаслар қатнасты.



Болып өткен шеберлик сабағында Кураш бойынша халықара дәрежедеги төреши Нөкисбай Данияров спортшы жаслар менен өз сәўбетинде кураш спортындағы тазадан енгизилген нызамлар ҳәм қағыйдалар менен таныстырды ҳәм төрешилик сырларын үйретти. Ол спортшылар менен 2023-жыл Хуанжоў қаласында өткерилген Азия ойынларында төрешилик еткенлигин айтып,  болып өткен жарыс ҳаққында сәўбетлести.



Кураш бойынша Өзбекстан чемпионы Берик Жусипбеков спортшылар менен ушрасыўда кураш спортының бир неше усылларын үйретип әмелде көрсетип берди. Оқыўшы спортшылар өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды ҳәм алдағы болып өтетуғың спорт жарысларында жеңимпаз болыўларында тилеклеслигин билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content