Усы жылдың 9-ноябрь күни Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен «Жылдың ең үлгили мәҳәлле жетекшиси» таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Онда 17 мәҳәлле жетекшилери 10 жөнелис бойынша өз-ара беллести.
Қызғын даўам еткен таңлаў соңында жеңимпаз деп табылған жаслар жетекшилери арнаўлы диплом менен сыйлықланып таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды.
Таңлаў жуўмағы нәтийжесинде «Айрықша итибарға мүтәж жаслар менен нәтийжели ислеген ең үлгили мәҳелле жетекшиси» жөнелиси бойынша:
1-орын Қалмурзаев Мәдетбай «Қаратерең» мәҳәллеси жаслар жетекшиси;
2-орын Базарбаев Мурат «Атакөл» мәҳәллеси жаслар жетекшиси;
3-орын Сарсенбаев Амир «Маржанкөл» мәҳәллеси жаслар жетекшиси.
«Жаслардың бос ўақытын нәтийжели шөлкемлестирген ең үлгили мәҳелле жетекшиси» жөнелиси бойынша:
1-орын Таңирбергенов Ислам «А.Адилов» мәҳәллеси жаслар жетекшиси;
2-орын Нурғабулов Қурманғазы «Белтаў» мәҳәллеси жаслар жетекшиси.
«Жаслар дәптери» платформасы менен нәтийжели жумыс алып барған ең үлгили мәҳелле жетекшиси» жөнелиси бойынша:
1-орын Малекеев Шамшат «Жаңадарья» мәҳәллеси жаслар жетекшиси;
2-орын Бекбаулиев Байрам «Дәўқара» мәҳәллеси жаслар жетекшиси.
«Жаслар балансы платформасы менен нәтийжели жумыс алып барған ең үлгили мәҳелле жетекшиси» жөнелиси бойынша:
1-орын Қабылбеков Тимурбек «Қараой» мәҳәллеси жаслар жетекшиси.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети