Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Район аймағындағы исбилерменлик субъектлериниң машқала ҳәм усыныслары тыӊланды


Бүгин, 24-июль күни Тахтакөпир районы аймағындағы 17-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектеби залында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты жуўаплы хызметкери Е.Досановтың район аймағындағы исбилерменлик субъектлериниң машқала ҳәм усынысларын тыӊлаў мақсетинде көшпели қабыллаўы болып өтти.


Қабыллаўда  районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы С.Талханбаев,  мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте район аймағындағы исбилерменлер қатнасты.

Қабыллаў даўамында исбилерменлер, хызмет көрсетиў тараўы менен шуғылланыў ушын жер орыны ажыратыў, кредит мәселеси ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти.



Өткерилген қабыллаўда исбилерменлердиң мүрәжатлары тийисли тәртипте қадағалаўға алынып, жолланған мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому