Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Гүз-қыс мәўсиминде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди


Бүгин Тахтакөпир районында гүз-қыс мәўсиминде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик структурасының аймақлық төменги тармағы Тахтакөпир районы буўынына кириўши хызметлер ҳәм де пуқаралық қорғаў «Жыйма командасы» менен биргеликте туўры ҳәрекет етиўлери бойынша арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы болып өтти.


Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы даўамында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик структурасының аймақлық төменги тармағы Тахтакөпир районы буўынына кириўши хызметлер ҳәм пуқаралық қорғаў «Жыйма командасы»ның күш ҳәм қуралларының гүз-қыс мәўсимине таярлығын көзден өткериў ушын сап көриги өткерилип, газ, электр ҳәм ишимлик суўы тармақларында авариялық жағдайлар жүз бергенде тийисли хызметлердиң күш ҳәм қураллары менен оларды сапластырыўдағы ҳәрекетлери әмелиятда көрсетип берилди.


Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўын өткериўден мақсет, гүз-қыс мәўсиминде район аймағындағы газ, электр ҳәм ишимлик суўы тармақларында жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша жүклетилген ўазыйпаларды өз ўақтында сыпатлы орынлаў, сондай-ақ, коммунал тармақлардағы келип шығыўы мүмкин болған авариялық жағдайларды Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик структурасының аймақлық төменги тармағы районлық буўынына кириўши хызметлердиң биргеликтеги ҳәрекетлерин муўапықластырыў, ең баслысы, халықты үзликсиз рәўиште ишимлик суўы, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеў болып табылады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому