Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Ҳәкимшилик судларда апелляция инстанциясында ис жүритиў


Суд ислеринде қатнасыўшы шахслар, сондай-ақ исте қатнасыўға шақырылмаған, бирақ ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери ҳаққында суд шешиўши қарар қабыл қылған шахслар биринши инстанция судының нызамлы күшине кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўи, прокурор апелляциялық протест келтириўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге ҳақылы, буннан исбилерменлик искерлиги менен байланыслы болмаған даўалар кирмейди.

Апелляциялық шағым (протест) апелляция инстанциясы судына жолланады, бирақ шешиўши қарар қабыл еткен судқа бериледи.

Шешиўши қарарды қабыл еткен суд шағым (протест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте оны апелляция инстанциясы судына ис пенен бирге жибериўи шәрт.

Егер нызамда басқа мүддет белгиленбеген болса, апелляциялық шағым (протест) шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде берилиўи мүмкин.

Апелляциялық шағымды (протестти) бериўдиң өткерип жиберилген мүддети шағым (протест) берип атырған шахстың илтимаснамасы бойынша апелляция инстанциясы суды тәрепинен, апелляциялық шағымды (протестти) бериў мүддети өткерип жиберилгенниң себеплери суд тәрепинен үзрли деп табылған болса, тиклениўи мүмкин.

Апелляциялық шағымды (протестти) бериўдиң өткерип жиберилген мүддетин тиклеў ҳаққында апелляциялық шағымды (протестти) ис жүритиўге қабыл қылыў ҳаққындағы уйғарыўында көрсетеди.

Апелляциялық шағымды (протестти) ис жүритиўге қабыл қылыў, қабыл қылыўдан бас тартыў яки қайтарыў мәселеси шағым (протест) ис пенен бирге судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей апелляция инстанциясы суды судьясы тәрепинен жеке тәртипте шешиледи.

Апелляциялық шағымды (протестти) ис жүритиўге қабыл етиў, қабыл етиўден бас тартыў яки қайтарыў ҳаққында уйғарыў шығарылады, исте қатнасыўшы шахслар бул ҳаққында үш күнлик мүддетте хабардар етиледи.

Белгиленген форма ҳәм мазмун талапларына бойсынған ҳалда берилген апелляциялық шағым (протест) апелляция инстанциясы судының ис жүритиўине қабыл қылынады.

Апелляциялық шағымды (протестти) ис жүритиўге қабыл қылыў ҳаққындағы уйғарыўда апелляциялық шағымды (протестти) көриў бойынша суд мәжилиси өткериў ўақты ҳәм орны көрсетиледи.

Суд исти апелляция инстанциясында көриў ўақтында биринши инстанция судының шешиўши қарарының нызамлылығын ҳәм тийкарлылығын тексереди. Суд жаңа дәлийллерди тексериўи ҳәм жаңа фактлерди анықлаўы мүмкин.

Апелляция инстанциясы суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын толық көлемде тексериўи шәрт.

Биринши инстанция судында көрип шығыў предмети болмаған жаңа талаплар апелляция инстанциясы суды тәрепинен қабыл қылынбайды ҳәм көрилмейди.

Апелляция инстанция суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылады, қарар исти көрген судьялар тәрепинен имзаланады.

Апелляция инстанциясы суды биринши инстанция судының уйғарыўы, қарары үстинен берилген шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша, уйғарыўды, қарарды өзгериссиз қалдырыўға, уйғарыўды, қарарды өзгертиўге яки бийкар қылыўға, арзаны қабыл қылыўдан бас тартыў ҳаққындағы, арзаны қайтарыў, ис жүритиўди тоқтатып турыў ҳаққындағы уйғарыўды бийкар қылыўға ҳәм арзаны биринши инстанция судына көрип шығыў ушын жибериўге, уйғарыўды бийкар етиўге ҳәм арзаны (шағымды), исти көрип шығыў ушын судқа тийислилиги бойынша басқа судқа жибериўге ҳақылы.

Г.Байназарова
Нөкис районлар аралық Ҳәкимшилик суды судьясы 

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому