Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Тахтакөпир районында көргизбели семинар болып өтти


Бүгин, Тахтакөпир районы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Искендер-тахта» фермер хожалығында дала шетлерине гүз айларында тут, жүзим ҳәм мийўели нәллерди егиўди шөлкемлескенлик пенен алып барыў ҳәм дала шетине егилген майданларда агротехника илажларын өз ўақытында сапалы алып барылыўы бойынша көргизбели семинар болып өтти.



Семинарға район ҳәкими Ж.Адилов, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Б.Тоғаев,  Өзбекстан Республикасы аўыл-хожалығы пәнлери докторы,  профессор З.Зиядуллаев,  сектор басшылары,  аўыл хожалығына тийисли мәкеме,  кәрхана ҳәм фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.


Семинарда,  Озбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығы кәрханалары дала шетлериндеги жер майданларында өним жетистириў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-121-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм де мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен түсиндирип өтти. Соның менен бир қатарда, кешиктирип болмайтуғын мүддет ишинде егилген ғәлле майданларды азықландырыў бойынша көрсетпелер берилди.



Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому