«Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда Тахтакөпир районы Мәденият бөлими ҳәм бөлимге қараслы мәденият орайлары, ҳәўескер халық жәмәәтлериниң 2023-жыл тоғыз айы даўамында алып барған жумысларының жуўмағы ҳәм де алдағы ўазыйпалар бойынша гезектеги Кеңес мәжилиси болып өтти.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда үлкен реформалар, өзгерислер ҳәм де жаңаланыўлар жүритилип атырған бир дәўирде, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәденият ҳәм көркем-өнер тараўындағы реформалар, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген Пәрман ҳәм Қарарлар, бағдарламалар турмысымызда әҳмийетли орын алып, тараўымыздың раўажланыўын жаңа басқышларға көтериўине хызмет етпекте.
Күн тәртибине киритилген мәселелер бойынша 26-санлы мәденият орайы, 29-санлы Туран мәденият орайы, «Шамурат Өтемуратов» атындағы халық театры, сондай ақ Дөгерек ҳәм жәмәәт жумысларын шөлкемлестириў бойынша қәнигесиниң есабатлар тыңланды. Орайлар ҳәм жәмәәтлердиң хызметин жәнеде беккемлеў, дөгерек жумысларын раўажландырыў бойынша усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.
Кеңес қурамы тәрепинен бул орайлар ҳәм де жәмәәтлер тәрепинен бүгинги күндеги әмелге асырылып атырған жумысларына сын көз бенен қарай отырып, район халқына мәдений хызмет көрсетиў сыпатын асырыў бойынша ўазыйлар, алдағы шешим талап ететуғын мәселелер бойынша қарар қабыл етти.
Мағлыўмат орнында, бөлимге қараслы барлық мәденият орайларында жасларымыздың қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда, театр, миллий косык, эстрада, бақсылар, рубабшылар, сазенделик, сүўретлеў өнери ҳәм тағы басқа да жөнелислердеги жәми 18 дөгерек (188), 4 ҳәўескер Халық жәмәәтлери (101), 3 ҳәўескер жәмәәтлери (64), 1 жаслар театр студиясы (7), 1 ҳаўаз жазыў студиясы ҳәм де 1 дөретиўши жаслар клубы (130) хызмет көрсетип атырған болса, оларға 490 ҳәўескерлеримиз ағзалыққа қабыл етилген болып, олар өзлери қызыққан жөнелислери бойынша тәлим-тарбия алып турақлы түрде қатнасып келмекте.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети