Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Тахтакөпир районы Спорт мектебинде өспирим жаслардың спорт пенен түрақлы шуғылланып барыўлары ушын жаратылған шараятлар менен танысыў мақсетинде Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўында медиа-тур шөлкемлестирилди.


Тахтакөпир районы Спорт мектебинде өспирим жаслардың спорт пенен түрақлы шуғылланып барыўлары ушын жаратылған шараятлар менен танысыў мақсетинде Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўында медиа-тур шөлкемлестирилди.

Медиа-тур қатнасыўшылары дәслеп Спорт мектеби имаратында болып, спорт залында көркем гимнастика ҳәм дзюдо спорт түри бойынша тренерлердиң жас спортшыларды шуғылландырыў барысы менен танысты ҳәм мектептиң оқыў ислери бойынша директор орынбасары А.Жиенбаев тәрепинен спорт мектеби ҳаққында дәслепки мағлыўматларға ийе болды.


Тахтакөпир районы Спорт мектебинде имаратлар саны жәми 8 ди қурайды. Соннан, 1 спорт зал, 2 футбол стадионы, 1 теннис корт, 2 workount ҳәм 2 стритбол майданшасы бар болып, спорт түрлерине қарап 50 ден аслам тренерлер тәрепинен жас спортшыларды шынықтырып келмекте.

Спорт мектебинде 13 олимпия ҳәм параолимпия түрлери (Футбол, баскетбол, волейбол, қол тобы, дзюдо, стол теннис, көркем гимнастика, бокс, бадминтон, жеңил атлетика, аўыр атлетика, оқ жайдан оқ атыў, пара дзюдо), 3 миллий спорт турлери (Кураш, ўзбек жанг санаъти, туран жеке гүреси), 4 басқа спорт түрлери (Шахмат, қол урысы, жуй-житсу, ушу) бойынша жәми 20 спорт түринен секциялар бар. Усы секцияларға жәми 1616 шуғылланыўшы жаслар, соннан 556 қыз балалар қамтып алынған.

Медиа-тур қатнасыўшыларының екинши мәнзили райондағы «Қараой» АПЖ аймағында жайласқан заманагөй көриниске ийе 1000 орынлық «Дәўқара» футбол майданшасында спортшылар ушын жаратылған шараятлар үйренилди.

Спорт мектеби тәрбияланыўшылары 2023-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы чемпионатлары ҳәм кубоги, Азия чемпионатлары ҳәм кубоги, Жаҳан чемпионаты ҳәм кубоги ушын өткерилген спорт жарысларында 7 дана алтын, 6 дана гумис ҳәм 6 дана бронза, жәми 19 медалды қолға кириткен.
Медиа-тур қатнасыўшылары илаж даўамында қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому