Тахтакөпир районы «Қаратереӊ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағының жаслар жетекшиси тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм жумыссыз жасларға жаӊа жумыс орынынларын жаратыў мақсетинде алып барылған жумыслары өз нәтийжесин бермекте.
Атап айтқанда,
Нуралиев Дамир — жумыссызлығы себепли 2022-жыл «Жаслар дәптери»не дизимге алынып жаслар жетекшиси көмеги менен аймақтағы фермер хожалығының биринен 1 гектар егислик жер майданы алып берилген ҳәм оған гүнжи, мәкке, мәш өнимлерин жетистирип шаӊарағына қосымша дәрамат киргизген. Ал 2023-жылы болса,e-auksion.uz платформасы арқалы 2 гектар жер алып ҳәзирги күнде гүнжи, асқабақ, гешир сыяқлы палыз өнимлерин егип шаңарағына дәрамат келтирмекте. Д.Нуралиев келеси жылға 13 гектар егислик жер майданын алып, дийқаншылығын кеңейтиўди алдына мақсет етип қойған.
Жүзбаева Айгерим — жумыссызлығы себепли «Жаслар дәптери»не дизимге алынып, өз исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде жаслар жетекшиси усынысы тийкарында 6,5 млн жеӊилетилген кредит алып «AYGERIM-HEALTH» карханасын иске түсирген. Айгерим бүгинги күнде аймақ турғынларына «Косметология» хызметин көрсетип қосымша дәрамат таппақта.
Оспанова Арыўхан — қызығыўшылығынан келип шығып өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субседия тийкарында қәўендерлер тәрепинен 2 тигиў машынасы алып берилген болса жеӊилетилген кредит тийкарында 2 тигиў машинасын алған. Бүгинги күнде «Қаратереӊ» мәҳаллеси имаратынан тигиў цехын иске түсирген болып ҳәзирде өзи қатары 3 жастыӊ бәнтлигин тәмийнлениўине көмеклескен. Сондай-ақ аймақта кәсипке оқыў усынысын билдирген 7 жасты тигиўшилик бойынша оқытып келмекте.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети