Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Ҳәкимшилик судта шағым арзаларды қабыл етиў тәртиби қандай?


Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясына тийкар, егер усы Кодексте басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, судья арзаны (шағымды) ис жүритиўге қабыл қылыў ҳаққындағы, қабыл қылыўдан бас тартыў ямаса қайтарыў ҳаққындағы мәселени арза (шағым) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей жеке тәртипте шешеди.

Арзаны (шағымды) ис жүритиўге қабыл қылыў, қабыл қылыўдан бас тартыў яки қайтарыў ҳаққында уйғарыў шығарылады, оның көширмеси исте қатнасыўшы шахсларға ол шығарылған күннен кейинги күннен кешиктирилместен жибериледи.

Судқа тийислилигине көре пуқаралық ислери бойынша судтан ямаса экономикалық судтан арза (шағым) яки ис материаллары келип түскенде судья арза (шағым) усы Кодекстиң 128, 129 ҳәм 130-статьяларында көрсетилген талапларға муўапық емеслигин анықласа, арза (шағым) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей арза бериўшини кемшиликлерди сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында хабардар етеди ҳәм оған буның ушын он күннен аспайтуғын мүддет береди.

Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекстиң талапларына жуўап беретуғын арза ис жүритиўге қабыл етилип ҳәм ис қозғатылыўы шәрт.

Судья усы Кодекстиң 130-статьясы биринши бөлиминиң 1 ҳәм 3-бәнтлеринде нәзерде тутылған талапларды бузған ҳалда берилген арзаны, егер арзаға мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў, бөлип-бөлип төлеў ҳаққындағы яки арза бериўшиде болмаған дәлийллерди талап етип алыў ҳаққындағы илтимаснамалар қосымша қылынған ҳәмде бул илтимаснамалар қанаатландырылған болса, иш жүритиўге қабыл қылыўға ҳәм ис қозғатыўға ҳақылы.

Егер усы Кодексте басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, суд додадаўы исти суд додалаўына таярлаў ҳаққандағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айдан аспаған мүддетте тамамланыўы керек.

Ис жағдайынан келип шығып, суд додалаўының мүддети суд баслығы тәрепинен бир айдан аспаған мүддетке узайтырылыўы мүмкин.

Нөкис районлар аралық Ҳәкимшилик суды судьясы
Г.Байназарова

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому