Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектебиниң оқыўшылары районлық Айрықша жағдайлар бөлиминиң искерлиги менен танысты


Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектебиниң 10-11-класс оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў ҳәм Өрттен сергеклик улыўма миллий компаниясы бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен таныстырыў мақсетинде, районлық қәнигелестирилген мектептың директор мәсләҳәтшиси Т.Нагимов ҳәм Жасларды шақырыққа шекем таярлаў бойынша директор орынбасары Т.Серекеевлар Тахтакөпир районлы Айрықша жағдайлар бөлиминде болды.

Илажда районлық Айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары майор Ж.Хожанов тәрепинен оқыўшыларды бөлимдеги ислеўшилерге жаратылған шәрт-шәраятлар,  қолайлықлар,  соның менен бир қатарда айрықша жағдайлар болғанда техник әсбап-үскенелерден қалай пайдаланыў ҳәм жеке бөлим қай тәризде ҳәрекетлениў керек екенлиги ҳаққында түсиниклер берип өтти.

Өткерилген илажда оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм келешектеги режелер ҳаққында келисип өз-ара меморандумға қол қойды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому