Усы жылдың 12-сентябрь күни Тахтакөпир районы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Көшпели қабыллаўға район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов, районлық сектор баслықлары, тийисли мекеме ҳәм кәрхана басшылары қатнасты. Көшпели қабыллаўда «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын бүгинги күнде қыйнап киятырған мәселелер, ушырасып атырған машқалалары бойынша пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Соныӊ менен бирге аймақ турғынларына көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Атап айтқанда пуқараларға көшпели түрде элкетрон санлы имза ключлерин алып бериў, ата-аналар мектепке шекемги билимлендириў бөлимине балаларын жайластырыў бойынша көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Сондай-ақ, ушырасыў қатнасыўшыларына бүгинги күнде жаӊадан кабыл етилип атырған Нызамлар, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер мазмун-мәниси ҳаққында ҳукықый түсиниклер берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети