Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 69-сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 69-сессиясы болып өтти.

Сессияға сектор баслыклары, район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, пуқаралар жыйыны баслықлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими — Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў,  халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-сентябрге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда,  ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;

— Тахтакөпир районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2023-жылдың 8 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты;

— Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилген ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;

— Тахтакөпир районы ҳәкиминиң қурылыс,  коммуникациялар,  коммунал хожалығы,  екология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Р;Бекбергеновтың «Район аймағындағы Референдум өткерилген участка имаратларын оңлаў жумысларына тартылған кесип алып ислеўши қурылыс шөлкемлерин ҳәм жойбарлаўшы кәрханаларды тендер өткерместен тастыйықлаў ҳаққында»ғы усынысы;

— Тахтакөпир районында инвестиция жойбарларының орынланыўы, туўрыдан-туўры шет ел инвестициялары ҳәм экспорт көлемин асырыў бойынша районлық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслары;

— Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў;

— Тахтакөпир районы аймағында «Темир дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм де «Темир дәптери»нен шығарылатуғын шаңарақлардың дизимин тастыйықлаў;

— Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2023-жыл ӀӀ шеректе яғный ярым жыллықта орынланыўы ҳәм жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың ӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан ажыратылатуғын қаржылар;

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги «Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкарланып Тахтакөпир районы бойынша 2023-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған жәмәәтшилик пикири тийкарында қәлиплескен усынысларды қаржыландырыў;

— 2023-жылдың 8 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў,  жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-апрельдеги «2022-2026-жылларда аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейттириў ҳаққында»ғы ПҚ-216-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы Медицина бирлеспеси тәрепинен әмелге асырылған жумыслары;

— Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен жаңа 2023-2024-оқыў жылына таярлық жумысларының барысы;

— Тахтакөпир районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары;

— 2023-2024-жыллар гүз-қыс мәўсиминде Тахтакөпир районы халықын ҳәм де социаллық тараў обйектлерин електр енергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары;

— 2023-2024-жыллар гүз-қыс мәўсиминде Тахтакөпир районы халықын ҳәм де социаллық тараў обйектлерин тәбийий газ бенен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслары;

— Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

— Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатларының Әдеп-икрамлылық қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелери қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

 Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому