Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Тахтакөпир районы мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зиялылар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ халқымызға мүрәжаты.


Жаӊа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли район турғынлары!

Бүгинги күнде пүткил жер жүзинде бақланып атырған ҳаўа-райындағы унамсыз өзгерислер инсаният алдында турған үлкен машқала болып, экологиялық өзгерислер инсан өмирине қәўип-қәтер туўдырып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Әлбетте, бул экологиялық қәўип-қәтерлерге тәсир етиўши факторлар булар, климаттың өзгериўи, глобал ысыўшылық ҳәм Арал теңизиниң қурыўы, қурғақшылық ҳәм тағы басқалар экологиялық апатшылықты келтирип шығарып, бул өз гезегинде инсан организмине зыянлы тәсирин тийгизбекте. Бул бойынша мәмлекетимизде системалы реже тийкарында қоршаған орталықты асыраў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған даўамлы жумыслар алып барылмақта.

Ҳақыйқатында да экологиялық дағдарыстың алдын алыў ушын көклемзарластырыў жумысларын үзликсиз алып барыў керек екенлигин бүгинги турмысымыздың өзи көрсетип бермекте.

Ҳәзирги ўақытта, айырым мәҳәллелерде, көше ҳәм гүзарларда бос турған, терек егилмеген жерлерди бағ-бақшаға айландырыўда мәҳәлле турғынлары менен биргеликте, аймақтыӊ абатлығы ҳәм халықтыӊ абаданлығына хызмет ететуғын жойбарларды әмелге асырыў тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпамыз болыўы шәрт. Буныӊ ушын ҳәр бир мәҳәлледе «мәҳәлле бағлары»н жаратыўымыз, көше бойларында жасыл аймақларды көбейтиўимиз, өрнек сыпатында дәслеп өз үй алды қыйтақ жерди ҳәм көшемизди абат етиўимиз, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына өз үлесимизди қосыўымыз зәрүр.

Ҳүрметли нураныйлар!

Районымыздағы нураныйлардан мәҳәллелерде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда, нәллерди үлгили егиўди шөлкемлестириўде өз тәжирийбелерин халық пенен бирге бөлискен ҳалда белсендилик көрсетсеңиз, сизлердиӊ тәжирийбеңиз ҳәм ақыл-нәсият сөзлериңиз халық ушын жүдә әҳмийетли.

Әзиз жаслар!

Келешегимиз қурыўшылары, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда сизлердиң орныңызда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бүгинги күн жаслары илимли-билимли, өз үстинде изленип жаңа келешекке үлкен жетискенликлер менен кирип келмекте. Жасларымыз өз алдындағы үлкен мақсетлериниң қатарына өзи жасап атырған көше бойларына терек нәллерин егиўди мақсет етип алып ҳәр бир жас бир терек нәлинен ексе үлкен ҳәм кишиге өрнек болып, елимизди жасыл мәканға айландырыўда салмақлы үлесиңизди қосқан болар едиңиз.

Ҳүрметли фермерлер ҳәм дийқанлар!

Жердиң ҳәр бир қарыс жеринен үнемли пайдаланыўда фермер ҳәм дийқанлардың орны оға да үлкен. Сол себепли «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына өз үлесиңизди қосқан ҳалда бағ жаратыў ҳәм дала шетлерине терек нәллерин ексе ҳәр қыйлы экологиялық факторлардың алдын алған болар еди.

Қәдирли Ўатанласлар!

Елимизди жасыл мәканға айландырыў, тәбиятымызды, асыраў бәршемиздиң биринши нәўбеттеги ўазыйпамыз болыўы лазым. Ана тәбиятымыз тек ғана ата-бабалардан мийрас болып қалмастан, келешек әўладқа жеткериў миннетимиз саналады. Соның ушын ҳәр бириңизди тәбиятты ҳәм қоршаған орталықты асыраўға өз үлесиңизди қосыўға шақырып қаламан.

 Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Перейти к содержимому