Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Мәжбүрий мийнет қадаған етиледи!


Мәмлекетимизде инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери ең жоқары қәдирият дәрежесине көтерилди. Мәжбүрий мийнеттиң барлық түрлерине шек қойыў бойынша бир қатар нызам ҳам нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилди.

Мәжбүрий мийнет — қандай да бир жазаны қолланыў арқалы жумыс ислеўге мәжбүрлеў болып есапланады. Ҳеш ким шахсты жумыстан босатып жибериў, ис ҳақысын кемейтиў, лаўазымынан пәсейтиў ҳәм басқа усыллар менен  мәжбүрий мийнетке тартыўға ҳақылы емес.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 44-статьясында, судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.

Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине,
минез-қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи деп белгиленген.

Айырым жағдайларда судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинде шахсты мәжбүрий мийнетке тартыў мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 45/1-статьясында мәжбүрий жәмийетлик жумыслар жазасы нәзерде тутылған.

Мәжбүрий жәмийетлик жумыслары ҳүким етилген шахсты ҳақы төленбейтуғын пайдалы жәмийетлик жумысларды орынлаўға мәжбүрий тәризде тартыўдан ибарат. Ҳүким етилген шахс жумыс ислеп яки оқып атырған болса, мәжбүрий жәмийетлик жумыслары жумыстан яки оқыўдан бос ўақытта өтеледи.

Мәжбүрий жәмийетлик жумыслары пенсия жасына жеткен шахсларға, он алты жасқа толмаған шахсларға, ҳәмиледар ҳаялларға, үш жасқа толмаған балалары бар ҳаялларға, биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахсларға, әскерий хызметкерлерге, шет ел пуқаралары ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасамайтуғын шахсларға қарата қолланылмайды.

Мәжбүрий мийнетке тартыўдың нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлары дегенимизде пуқаралардың әскерий миннетти орынлаў ямаса әскерий яки айрықша жағдай жәрияланыўы мүнәсибети менен орынланыўы мәжбүрий болған жумысларға тартыў түсиниледи.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы
Д.Сражатдинов

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому