Суббота, 27 сентября 2025

Последние новости

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен көргизбели семинар шөлкемлестирилди


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими басламасы менен мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жумыссыз ҳаял-қызлар қатнасыўында «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Алтынгүл Жуманиязова ҳәм усы мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендиси Алмагүл Дальжанованың шаңарақларында үй-алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыў ҳәм тоқсанбасты егинлерин егиў бойынша көргизбели семинар  шөлкемлестирилди.



Семинарды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова алып барып, ҳаял-қызларымызға өзин-өзи бәнт етиў, үй-алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып, шаңарағын мийўе-палыз өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат табыўды үгит-нәсиятлады.

Сондай-ақ, Алтынгүл Жуманиязова өмирлик жолдасы М.Даўлетияров пенен биргеликте мийўе тереклерин тәрбиялаў, жүзимнен нәл таярлаў ҳәм оларды егиў усыларын семинар қатнасыўшыларына тәжрийбеде көрсетип өтти.




Буннан соң, «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Алмагүл Дальжанованың үй-алды қыйтақ жеринде пыяз ҳәм чеснок егиў, гүл егиў ҳәм оларды көбейтиў усылары менен таныстырып, егинлерди азықландырыўда биогумусты төгин ретинде пайдаланыўдың нәтийжелилиги бойынша кең түрде түсиник жумыслары алып барылды.



Семинарда қатнасыўшы ҳаял-қызлар, өзлерин қызықтырып жүрген сораўларына жуўаплар алып, алдағы ўақытта өзлериниң үй-алды қыйтақ жерлеринде усы тәжирийбелерден келип шығып егин егиўди мақсет етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Перейти к содержимому