Усы жылдың 26-октябрь күни Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районы бөлими басламасы менен районлық Мәденият орайында «Ўатан раўажланыўына мениң үлесим» атамасындағы Республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Таӊлаў қатнасыўшыларын Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги мектеп билимлендириў бөлими, районлық Мәденият бөлими ҳәм 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебииниӊ тәжирийбели қәнигелери тарепинен әдил баҳалап барды.
Таӊлаў 3 жөнелисте өткерилип, биринши «Әдебият» жөнелиси, екинши «Сүўретлеў өнери» жөнелиси, үшинши «Миллий эстрада» жөнелислеринде қатнасыўшылар өзлериниӊ қәбилетлерин көрсетип өтти.
Таӊлаў жуўмағында «Әдебият» жөнелиси бойынша Н.Рамбергенова, «Сүўретлеў өнери» жөнелисинде А.Сарсенбаев, «Миллий эстрада» жɵнелисинде Р.Султановалар 1-орынды қолға киргизип, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды. Таӊлаў жеӊимпазлары Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети