Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият бөлимине қараслы мәденият орайларындағы ҳәўескерлик халық жәмәәтлери ҳәм дөгерек ағзалары тәрепинен 2023-жыл «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда алып барған жумыслары бойынша «Көркем-өнеримиз халық нәзеринде» атамасында есабат бериў концерти болып өтти.
Илажға район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары А.Аллиярова, Е.Бегманов ҳәм мәденият тараўы нуранийлери қатнасып, онда сөзге шыққанлар өткен 2023-жылда мәденият тараўындағы жаңаланыўлар, ҳәўескерлик жәмәәтлери ҳәм де дөгереклерге көплеген жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, талантлыларды излеп таўып үлкен саҳналарға алып шығыў мақсетиндеги алып барылған нәтийжели жумыслар сондай-ақ, халықаралық, республикалық таңлаўлар ҳәм фестивалларға қатнасып ерискен жоқары нәтийжелерин мақтаныш етип тилге алды.
Буннан соң мәденият ҳәм көркем өнер тараўында пидайылық көрсетип киятырған тараў ўәкиллери, бир қатар жаслар ҳәм олардың устазлары сондай-ақ, мәденият орайлары, халық жәмәәтлери «Жылдың ең жақсы жаслар устазы», «Жаслар бәнтлигин тәмийинлеген жылдың ең белсенди мәденият орайы», «Жылдың ең белсенди Халық жәмәәти», «Жылдың ең белсенди жас дөретиўшиси» ҳәм басқа да 10 номинация бойынша «Хошамет-2023» сыйлығы менен сыйлықланды.
Өткерилген сыйлықлаў салтанатында:
«Жылдың ең жақсы жаслар устазы» номинациясы менен мәденият тараўында көп жыллық мийнет жолына ийе талантлы қосықшы Өтемуратова Базаргүл Аяповна;
«Жаслар бәнтлигин тәмийинлеген жылдың ең белсенди мәденият орайы» номинациясы менен 29-санлы «Туран» мәденият орайы;
«Жылдың ең белсенди Халық жәмәәти» номинациясы менен «Шуғла» қосық ҳәм миллий ойын халық жәмәәти;
«Жылдың жаңа қосық атқарыўшысы» номинациясы менен Жиемуратов Рахат Тлепбаевич;
«Балалардың сүйикли дөретиўшилик жәмәәти» номинациясы менен 27-санлы «Мақпалкөл» мәденият орайы «Қуўыршақ» театры жәмәәти»;
«Миллий үрип-әдет, дәстүрлер үгит-нәсиятшысы» номинациясы менен «Мийрас» фолклор-этнографиялық халық жәмәәти нураний қатнасыўшысы Қаллибекова Нурсулыў Атаўбаевна;
«Жылдың ең жақсы сахналастырылған миллий ойыны» номинациясы менен «Кийиз басыў композициясын саҳналастырыўшы балетмейстер Утемуратова Байрамгүл Умирбековна;
«Жылдың ең белсенди жас дөретиўшиси» номинациясы менен 26-санлы мәденият орайы «Дәпшилер» дөгереги қатнасыўшысы Султанова Раўшан Махсетбай қызы;
«Жылдың ең жақсы сәзендеси» номинациясы менен «Саржайлаў» қосық ҳәм миллий ойын халық жәмәәти сәзенде ҳәм қосықшысы Алпысов Жанасбек Сермахан улы;
«Фолклор шығармалары атқарыўшылығы ушын» номинациясы менен «Мийрас» фолклор-этнографиялық халық жәмәәти қатнасыўшысы жыраў Қошанов Нурсултан Шафрановичлер сыйлықланды.
Илаж соңында талантлылардың «Көркем-өнеримиз халық нәзеринде» атамасындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети