2024-жыл 4-март күнги ПҚ-114-санлы Президент қарарының қосымшасына муўапық Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў илажы 2025-2026-жылларда өткерилиўи режелестирилмекте.
Халықты дизимге алыў илажы мәмлекетте жасаўшы бәршемизге тийисли болған демографиялық, экономикалық ҳәм де социаллық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализ ҳәм жәриялаўдың бирден-бир процесси болып табылады. Ол халық ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дереги болып, келеси 10-20 жыллық раўажланыўдың прогноз көрсеткишлерин есаплаў ушын исенимли тийкар жаратады.
Тахтакөпир районы Статистика бөлими