Район қысқаша мағлыўмат

Тахтакөпир районы Қарақалпақстан Республикасының арқа-шығыс тәрепинде жайласқан болып, район 1965-жылы 29-декабрьде шөлкемлестирилген.

Район батыстан Қараөзек районы, арқа-батыстан Мойнақ районы,арқа-шығыс ҳәм арқадан Қазақстан Республикасы, арқа-қубладан Елликқала районы ҳәм арқадан Беруний районы менен шегаралас.

Районның майданы 21, 12 мың кв.км. Районда 1 қалаша, 8 мәҳәлле ҳәм 8 аўыл пуқаралар жыйыны (Тахтакөпир, Ғәрезсизлик, Айдынжол, Дәўир, Қараой, Өзбекстан, Мүлк, Даўытсай, Жаңадәрья, Маржанкөл, Қоңыраткөл, Тахтакөпир, Даўқара, Қаратерең, Белтаў, Атакөл, Қоструба) бар. Район орайы – Тахтакөпир қалашасы.

2018-жылдың 1-июль ҳалатына район халқының саны 39,8 мың адамды қурайды. Соннан 16,7 мың адам қалада, 23,1 мың адам аўылда жасайды.

Ҳаўа-райы: жазда қурғақ ҳәм ыссы. Қыста суўық, ҳаўа райы өзгериўшең.

Район хожалықлары «Қуўаныш жарма» каналынан суў алады. Бул каналдан Ибрайым өзек, Тымпый, Боз жап, Жилўан ҳәм Бадрак хожалықлараралық жаплар тарқалған.

Район орайынан Нөкис қаласы ҳәм басқа да район хожалықлары менен асфальтланған жол байланысы бар.