Хабарландырыў

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ


2022-жыл туқым пахта жетистириў ушын 15-январь күнинен 5-февраль күнине шекем район аймағындағы фермер хожалықлары арасында тендер тийкарында таңлаў өткерилетуғынын жарялаймыз:

Тендерге қатнасыў ушын жер балл бонитети жоқары ҳәм дийқаншылық бойынша тәжирийбели, пахтадан жоқары зүрәәт жетистириў имканиятына ийе фермер хожалықлары таңлап алынады.

Танлаўға қатнасыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:

  1. Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;
  2. Суў менен тәмийинлениў дәрежеси;
  3. Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнийгелиги ҳәм ис стажы ҳаққындағы мағлыўматы.
  4. Фермер хожалығы устав қорына төлеген қаржының муғдары ҳаққында банк мағлыўматы.
  5. Фермер хожалықларының техникалары бойынша мағлыўматы.
  6. Фермер хожалықларының кейинги 3 жылдағы пахта ҳасылдарлығы ҳаққында мағлыўматы.

Еслетпе: Қосымша мағлыўматлар ушын Тахтакөпир районы аўыл хожалығы бөлимине хабарласыўыңызға болады.

Тахтакөпир районы аўыл хожалығы бөлими   тел:  61.435-28-35;

Skip to content