Әҳмийетли, Соңғы жаңалықлар

Әдил судлаў сапасын асырыў жолында


Соӊғы жылларда суд-ҳуқық тараўындағы әмелге асырылып киятырған реформалар – суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин сондай-ақ, судлар жумысында ашықлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын берип келмекте.

Соның менен бирге «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ушын суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириў ҳәм тараўға алдағы халықаралық стандартларды енгизиўди талап етпекте.

Мине усыған көре Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 16-январь күни 11-санлы Пәрманы қабыл етилип, усы Пәрман менен «2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сыпат тәрепинен жаӊа басқышқа алып шығыўдыӊ қысқа мүддетли стратегиясы» тастыйықланды.

Усы стратегияда судлардыӊ бир қатар тийкарғы ўазыйпалары белгиленип, бул ўазыйпалардан бири әдил судлаў сапасын түптен асырыў болып есапланады.

Яғный,

судларда ис жүритиў сапасын еле де асырыў илажлерин көриў,

Жоқарғы суд инстанцияларыныӊ суд қарарларын қайта көриўде санлы технологиялардан пайдаланыў имканиятларын кеӊейтириў, халық ушын түсиникли ҳәм қолай, сондай-ақ төменги суд инстанциялары қәтелерин өз ўақтында туўырлаўға көмек бериўши механизмлерди жолға қойыў,

Аймақларда халық санынан келип шығып, судьялық штат бирликлери санын басқышпа-басқыш асырып барыў,

Судьялардыӊ қәнигелесиўи талап етилетуғын түрдеги ислер бойынша қәнигелестирилген судьялар корпусын кеӊейтиў илажларын көриў,

Суд ислерин көриўде бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў ушын зәрүр болған илажларды көриў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Буннан тысқары, суд процесслери ҳәм суд қарарлары бойынша жәмийетшилик арасында туўры ҳәм қалыс пикирлерди пайда етиў бойынша – судлар искерлиги менен байланыслы түрли дереклерден жәрияланған қалыс болмаған ҳәм бир тәреплеме берилген мағлыўматлар бойынша тезлик пенен мүнәсибет билдириўди жолға қойыў белгиленбекте.

Бул ўазыйпалар пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар арасында, әсиресе халық арасында судлардыӊ абыройын түсириўге қаратылған ҳәрекетлердиӊ алдын алыўға, олардыӊ судларға болған исенимин еле де күшейтиўге жәрдем береди.

 

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы: Б.Досымбетов

Skip to content