Әҳмийетли, Соңғы жаңалықлар

ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯНЫӉ ТИЙКАРҒЫ, ПРИНЦИПИАЛЛЫҚ ЖАӉАЛЫҚЛАРЫ


Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте.

Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.

  1. Конституцияда ҳәр кимниң турақ-жайлы болыў ҳуқықы белгиленип атыр.

 Мағлыўмат ушын: өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға шараят жаратып берилген. Быйылғы жылы 90 мың шаңарақты турақ-жайлы етиў шеги алынған. Жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткизиў үстинде исленип атыр.

  1. Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атыр.
  2. Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм жойбарға киритилмекте. Улыўма, жойбарда халықтың саламатлығын асыраў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейтирилмекте.

Мағлыўмат ушын: Бунда, усы жылда “Кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады.

Көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери – 15 тен 25 ке шекем, тексериўлер – 10 нан 20 ға шекем, дәрилер64 тен 90 ға асырылады.

  1. Социаллық мәмлекетке тән бундай жақынласыў билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр.
  2. Пуқаралардың жоқары оқыў орныларына мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте.

Мағлыўмат ретинде айтыў мүмкин, 2017-жылға шекем жоқары оқыў орныларына кириў ушын мәмлекетлик грантлар саны тек қысқарып келген болса, соңғы алты жылда бул тараўдағы жағдай пүткиллей өзгерди. Грантлар саны
2 есе көбейип, 40 мыңға жетти. Соннан, магистратура ушын – 5 есе көбейди.

  1. Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы белгиленбекте.
  2. Майыплылығы бар балаларымызға өз теңлеслери менен бирдей билим алыўы ушын бәрше шараятлар жаратылмақта. Соның ушын, бундай имканиятлар инклюзив билим сыпатында Конституцияға киргизилмекте.
  3. Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық беккемленбекте.
  4. Енди, перзентлер тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал ер жеткизиў ҳәм ата-ана мәжбүрияты сыпатында белгиленбекте. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәмде қорғаў, оның физикалық, интеллектуал ҳәм мәдений тәрептен толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети сыпатында белгиленбекте.
  5. Ҳәр кимниң мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәмде мийнетке ҳақ төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған түрде әдалатлы ҳақ алыў ҳуқықы кепилленбекте.
  6. Мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған жағдайда белгилениўи беккемленбекте.
  7. Ҳәмледарлығы яки баласы барлығы менен байланыслы себеплерге байланыслы ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейттириў қадаған етилиўи белгиленбекте.
  8. Мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў шараларын көриўи беккемленбекте.
  9. Мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярлығын шөлкемлестириўи ҳәмде хошаметлеўи белгиленбекте.
  10. Балалар мийнетиниң баланың саламатлығына, қәўипсизлигине, физикалық, ақылый ҳәм руўхый жақтан толық раўажланыўына қәўип туўдырыўшы, атап айтқанда, оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай формалары қадаған етилиўи белгиленбекте.
  11. Ҳәр ким жумыссызлықта социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе екенлиги беккемленбекте.
  12. Пенсия, напақа ҳәм басқа социаллық жәрдемлер көлеми ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылмақта. Бул дегени,
    2 миллион 200 мың социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар мәмлекеттен кепилленген материаллық жәрдем алады. Бул жәми – шаңарақлардың 25 пайызына туўры келеди, оларға ҳәр жылы 11 триллион сўм ажыратылады.
  13. Конституция жойбарында 18 миллионнан аслам жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Конституцияда жаслар мәселелери бойынша өз алдына бап киргизилип атырғаны да бийкарға емес.

Сондай-ақ, мәмлекет:

– жаслар ҳуқықларының қорғалыўы  ҳәм оладың жәмийет ҳәмде мәмлекет турмысында белсене қатнасыўын хошаметлеўди кепиллеп атыр;

– жасларда қәдириятларымызға садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге ғамхорлық етиўи белгиленбекте.

Буннан тысқары, жаслардың билим алыўы, социаллық ҳәм медициналық жақтан қорғалыўы, турақ-жайлы болыўы, бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў – мәмлекеттиң конституциялық миннети сыпатында киргизилмекте.

  1. Майыплығы болған шахслар ҳәмде халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж басқа қатламларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўы белгиленбекте.

Мәмлекет халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламларының турмыс дәрежесин арттырыўға, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық қатнасыўы ушын оларға шараятлар жаратыўға ҳәмде олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз рәўиште тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған илажларды көриў белгиленбекте.

Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте.

  1. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артыққа аспақта.
  2. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте.
  3. Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр.
  4. Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына муўапық ҳәмде усы Конституцияға муўапық болыўы кепиллениўи белгиленбекте.
  5. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қарата қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги беккемленбекте.
  6. Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.
  7. Сондай-ақ Конституциямызда:

өлим жазасы қадаған етилиўи Конституция дәрежесинде белгиленбекте;

– шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги белгиленбекте;

– адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте.

Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институти жәнеде кеңейтирилди;

– биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте;

– Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақлы екенлиги белгиленбекте;

– Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шартнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық органларга, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәжат етиў ҳуқықы беккемленбекте;

– Ҳәр ким мәмлекет органларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте;

– Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленбекте;

Айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса  еркинен айырыў жазасын өтеп атырған пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте;

– Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емеслиги беккемленбекте;

– Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гуўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте;

– Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте;

– Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте ҳәм т.б.

Өзбекстан – халықшыл мәмлекет

Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған.

  1. Парламент палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта. Сол себепли, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңеймекте, еки палата жумысындағы қайталаныўлар сапластырылып, ҳәр бириниң жуўапкершилик тараўы анық белгиленбекте.

Атап айтқанда, Нызамшылық палатасының айрықша ўәкилликлери әмелдеги 5 тен 12 ге, Сенатта болса 14 тен 18 ге көбеймекте.

Ҳүкиметти қәлиплестириў ҳәм оның жумысын қадағалаў, мәмлекет бюджети орынланыўына байланыслы мәселелер, Нызамшылық палатасының ўәкиллигине, аймақлар мәпи ҳәм оларды раўажландырыў, жаңа министрликлер шөлкемлестириў ҳаққындағы пәрманларды тастыйықлаў мәселелери болса Сенат ўәкилликлери шеңберине тийисли екенлиги беккемлениў усылар қатарына киреди.

  1. Сенат алдына қойылып атырған жаңа ўазыйпалардан келип шығып, оны ықшам, халықшыл ҳәм аймақлар мәпин гөзлейтуғын уйымға айландырыў бойынша нормалар Конституцияда нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, Сенаторлар санын ҳәзирги 100 ден 65 ке түсириў, бунда ҳәр бир аймақтан тең рәўиште 4 тен сенатор сайланыўы, президент тәрепинен сайланатуғын саны болса 16 дан 9 ке кемейтирилмекте.

  1. Парламенттиң төменги палатасы тәрепинен киргизилген нызамлар Сенатта 60 күн ишинде көрип шығылыўы, мүддет өтип кетсе, усы нызам мақулланған деп есапланыўы ҳәм қол қойыў ушын Президентке жибериў бойынша норма киргизилмекте.
  2. Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў уйымлары, ҳуқықты қорғаўшы уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте.

Жаңа Конституцияда Бас прокурор, Есап палатасы басшылығына талабанлар дәслеп Сенатта көрип шығылып, кейин Президент тәрепинен тайынланыўы, сондай-ақ Монополия комитети ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги басшылары Сенат тәрепинен сайланыўы әмелиятын енгизиў усыныс етилди.

Арнаўлы хызметлер жумысы үстинен парламент қадағалаўын күшейтиў мақсетинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басшылығына талабан Сенат пенен мәсләҳәтлесиўлеринен соң Президент тәрепинен лаўазымға тайынланыўы белгиленбекте.

  1. Олий Мажлис палаталарының биргеликтеги ўәкилликлери де күшейтилип, парламент қадағалаўының әҳмийетли формасы болған парламент тексериўи институты Конституцияда өз алдына беккемленип қойылмақта.
  2. Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте.
  3. Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымына сайланыў ямаса тайынланыў мүддетлери бойынша шеклеўлер белгиленеди.

Сенат Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасы Спикери, Жоқары суд ҳәм Судьялар жоқары кеңеси баслықлары, олардың орынбасарлары, Бас прокурор, Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы, ҳәкимлерди лаўазымға еки мүддеттен артық сайлаў ямаса тайынлаўға шеклеў киргизилмекте.

  1. Конституциялық суд судьяларын қайта сайланыў ҳуқықысыз 10 жылға сайлаў тәртиби белгиленбекте.
  2. Ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етиў тәртиби басқышпа-басқыш бийкар етиледи.

Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурамыз.

Қарақалпақстан халқы көтерген барлық усыныслар усы Конституция жойбарында ҳәр тәреплеме инабатқа алынды.

Аймақтың өзине тән этник, мәдений өзгешеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, айрықша ҳуқықый статусын итибарға алып жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасы менен байланыслы бирде-бир статья өзгермеди.

Соның менен бирге, Конституцияның барлық тексти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, тек ғана статьялардың тәртип номери өзгерген. Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте.

Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбейип, 155 ти қурамақта.

Аралбойы мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды.

Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәмде тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы
Д.Сражатдинов

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content