Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы – пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик суд қорғаўында


Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен      2022-жыл 28-январь күни «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Бул пәрман менен «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланған ҳалда ислеп шығылған жети тийкарғы жөнелистен ибарат 2022-2026 жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан мәплерин улығлаў ҳәм белсенди мəҳəлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик дәстүри тастыйықланды.

Раўажланыў стратегиясының жети жөнелиси, булар

 Инсан қәдирин көтермелеў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин жәнеде раўажландырыў арқалы халық сүйер мәмлекет дүзиў;

Мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстемлиги принциплерин раўажланыўдың  ең тийкарғы ҳәмде зәрүр шәртине айландырыў;

Миллий экономиканы тезлик пенен раўажландырыў ҳәмде жоқары өсиў пәтин тәмийинлеў;

Әдил социаллық сиясат жүритиў, инсан капиталын раўажландырыў;

Руўхый раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў;

Миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма инсаныйлық  машқалаларға араласыў;

Мәмлекетимиз қәўипсизлигин ҳәм қорғаныў қүдиретин күшейтиў, ашық, прагматик ҳәм актив сыртқы сиясат алып барыў болып есапланады.

«Раўажланыў стратегиясы»ның екинши тийкарғы жөнелиси бойынша әдиллик ҳәм нызам үстемлигин тәмийинлеў бағдарында төмендегише тийкарғы  ўазыйпалар белгиленди:

Мүлик ҳуқықларының қол қатылмаслығын исенимли қорғаў ҳәмде мәмлекетлик уйымлардың мүлкий қатнасықларға нызамсыз араласыўын шеклеў;

Жеке мүлик қол қатылмаслығы ҳәм қорғаўы кепилликлерин күшейтиў, Мүлик сондай-ақ жер участкасына болған ҳуқықларын сөзсиз тәмийинлеў;

Жеке мүлик үстемлигин тийкарғы принцип ретинде белгилеў,         сондай-ақ, мәмлекетлик уйымының рәсмий мағлыўматына исенип мал-мүлик сатып алған шахстың ҳуқықын қорғаў системасын енгизиў;

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нәтийжели суд бақлаўын орнатыў ҳәмде пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў;

Ҳәкимшилик судларда лаўазымлы шахслардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыў системасын жеделлестириў арқалы суд бақлаўын қоллаў тараўын кеңейтиў;

Судлар системасында «Бир айна» принципин кең енгизиў мақсетинде арзаларды судқа тийислилигине қарамастан қабыл етиў ҳәм ўәкилликли судқа жибериў ҳәмде белгили ис шеңберинде барлық ҳуқықый ақыбетлерди шешиўди тәмийинлеў системасын енгизиў;

Суд системасын басқышпа-басқыш санластырыў, бюрократик тосықларды сапластырыў арқалы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин түптен асырыў;

«Раўажланыў стратегиясын»да пуқараларымыз ҳәмде исбилерменлердиң ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин кушейтириў бойынша әмелге асырылыўы белгиленген мақсетлердиң орынланыўы инсан мәплериниң нызамлы қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

            Кайрат Кыпшакбаев

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис

районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы

Skip to content