Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

СУДЬЯНЫҢ ПУҚАРАЛЫҚ ИСЛЕРДИ СУДТА КӨРИЎГЕ ТАЯРЛАЎ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ ҲӘРЕКЕТЛЕРИ. ПУҚАРАЛЫҚ ИСТИ КӨРИЎ МҮДДЕТЛЕРИ.


Пуқаралық ислерин судта көрип шығыўға таярлаў ўазыйпалары ППКның 201-статьясында көрсетилгениндей, исти өз ўақтында ҳәм дурыс көрип шығыў және шешиўден ибарат.

Пуқаралық ислерин судта көриўге таярлаў пуқаралық процессиниң бийғәрез ҳәм әҳмийетли басқышы болып, пуқаралық ҳуқықый даўлардың мүмкин болғанша тезлестирип, толық ҳәм ҳәр тәреплеме көрип шығылыўын ҳәм шешилиўин тәмийинлеў мақсетлеринде өткериледи.

Пуқаралық ислерин судта көрип шығыўға таярлаў бойынша исленетуғын процессуал ҳәрекетлердиң мазмуны нызамда белгиленген. Атап айтқанда, ППКның 201-статьясына муўапық, судья исти судта көрип шығыўға таярлаўда:

-тәреплердиң ҳуқықый қатнасықларын ҳәм исти көриўде әмел қылыныўы лазым болған нызамды анықлаў;

-тәреплердиң талаплары ҳәм қарсылықларын дәлиллеўши фактлерди, сондай-ақ тартысты туўры шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа фактлерди анықлаў;

-исти шешиў ушын зәрүр болған дәлиллер шеңберин анықлаў ҳәм олардың өз ўақтында суд мәжилисине усыныс етилиўин тәмийенлеў;

-исте қатнасыўы мүмкин болған шахслар қурамы ҳаққындағы мәселени шешиў;

-тәреплер, исте қатнасыўшы басқа шахслар тәрепинен зәрүр болған дәлиллерди усыныс етиўи;

-тәреплерди жарастырыў.

Булардан тысқары исти судта көриўге таярлаў бойынша және ППКның 204-статьясында да судьяның ҳәрекетлери берилген. Оған муўапық судья:

-иске үшинши шахслардың шақырылыўы ҳәм кирисиўи мәселесин шешеди ҳәм исте қатнасыўға рухсат етилген үшинши шахсларға ППКның
203-статьясына муўапық сораўлар береди;

-исти көрип шығыўда ўәкиллердиң қатнасыў мәселесин шешеди;

-исте прокурордың қатнасыўы ҳаққындағы ҳәм тийисли мәмлекетлик басқарыў органын суд процесинде қатнасыўға шақырыў ҳаққындағы мәселени шешеди;

-шерик талапкерлердиң, шерик жуўапкер ҳәм үшинши шахслардың иске кирисиў туўрысындағы мәселени, сондай-ақ, иске байланыслы болмаған жуўапкерди алмастырыў ҳаққындағы мәселени шешеди.

-гүўаларды суд мәжилисине шақырыў мәселесин шешеди;

-шөлкемлер яки пуқаралардан жазба ҳәм затлай дәлиллерди талап етип алады яки исте қатнасыўшы шахсларға судқа усыныу ушын бул далиллерди алыўға байланыслы сораўлар береди;

-исте қатнасыўшы шахслардың пикирлерин есапқа алып, экспертиза тайынлаў ҳәм қәниге шақырыў мәселесин шешеди;

-кешиктирип болмайтуғын жағдайларда, исте қатнасыўшы шахсларды хабарлап, тийисли орынды көзден өткереди;

-басқа судларға суд тапсырмаларын жибереди;

-исте қатнасыўшы шахсларға оларды процессуал ҳуқықлары ҳәм миннетлерин түсиндиреди.

-бир түртдеги  ислерди бирлестириў ҳәм бир неше талапты алоҳида ис жүритиўге ажыратыў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў;

-даўаны ҳәм дәлиллерди тәмийнлеў мәселесин шешеди;

-тәреплерди жарастырыў шараларын көреди;

-суд мәжилисин видеоконференция байланыс режиминде өткериў ҳаққындағы мәселени шешеди ҳәм исте қатнасыўшы шахсларға бундай суд мәжилисинде қатнасыў ҳуқықын түсиндиреди.

Сондай-ақ, судья исти суд мәжилисине таярлаў тәртибинде басқа зәрүр процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырады ҳәм суд додалаўына таярлаў бойынша ҳарекетлери судья тәрепинен исте қатнасыўшы шахсларды шақырмаған ҳалда уйғарыў менен рәсмийлестириледи деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 207-статьясына муўапық, пуқаралық ислерди судта көриўге таярлап болынған күннен бир айдан кешиктирмей суд тәрепинен көриледи ҳәм шешиледи. Бул мүддет оғада қурамалы ислер бойынша судьяның тийкарландырылған уйғарыўына көре еки айға шекем узайттырылыўы мүмкин, буннан  усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген ислерден тысқары.

Алимент өндириў ҳаққындағы, майып болыў яки ден-саўлыққа басқаша тәризде зыян келгенлиги, сондай-ақ бағыўшының өлими нәтийжесинде көрилген зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы ислер ҳәм де мийнетке байланыслы ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын талаплар бойынша ислер таярлап болынған күннен баслап жигирма күннен кешиктирмей биринши инстанция суды тәрепинен көрилиўи лазым.

Қарсы даўа берилген ис бойынша исти көриў ҳәм шешиў мүддетиниң өтиўи тийкарғы даўа бойынша ис суд додалаўына таярлап болынған күннен баслап есапланады. Тийкарғы истен ажыратылган исти, сондай-ақ, биргеликте көриў ушын би рис жүритиўге бирлестирилген ислерди көриў ҳәм шешиў мүддетиниң өтиўи усы Кодекстиң 197 ҳәм 198-статьяларына тийкар есапланыўы белгиленген.

Усы Кодекстен белгиленген тәртипте суд уйғарыўы үстинен шағым етилген (протест келирилген) тәғдирде, исти көриў ҳәм шешиў мүддетитниң өтиўи ис жоқары инстанция судына жиберилген пайыттан баслап, ол биринши инстанция судының ис жүритиўине келип түскенине шекем тоқтатылыдыдеп белгиленген.

 

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының баслығы  

                                          М .Сапаев

Skip to content